Дохада мәмлекетимиздиң Қатар Мәмлекетиндеги Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Ашраф Ходжаевтың басшылығында студентлер ҳәм ўатанласларымыздың қатнасыўында Өзбекстанда болып өтетуғын парламент сайлаўына бағышланған брифинг өткерилди.

Бизге белгили, усы жылы 27-октябрь күни болып өтетуғын Парламент ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўда қатнасыў 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқараларының конституциялық хуқықы есапланады. Бул хуқық ўатаналасларымыз қай жерде болыўынан қарамастан, тәмийинлениўи шәрт. Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары, консуллық мәкемелери жанында усы әҳмийетли сиясий илажға таярлық көриў  ҳәм сайлаўды өткериў дәўиринде сайлаў участкаларының жумысы жолға қойылыўы мүмкин.

Дохада участка Сыртқы ислер министрлиги усынысына бола, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шөлкемлестириледи ҳәм сырт елдеги сайлаў комиссияларының жумысы ушын зәрүр шараят пенен тәмийинленеди. Ҳәзирги ўақытта сырт елдеги сайлаў участкалары, сырт елдеги пуқараларымызды сайлаўшылардың дизимине киргизиў тәртиби, сиясий илаждың сәнеси, мүддетинен алдын даўыс бериў ўақты ҳәм  сайлаў күни ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы ямаса жергиликли  шараятты инабатқа алған ҳалда басқа дәреклер арқалы хабардар етиў ўазыйпалары белгилеп алынды. Ўатанласларымыз усы мәмлекетте де Нызамшылық палатасы депутатлығына сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген талабанлардың дизими тийкарында бирден-бир сайлаў округи бойынша даўыс береди.

Брифингте даўыс бериў системасына үгит-нәсият етилетуғын сайлаўға байланыслы жаңа қолланбалар ҳәм санлы шешимлер ҳаққында мәлимлеме берилди. Ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм байланысларды және де беккемлеў мақсетинде Доха қаласында «Өзбегим» клубын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА