Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыўда ҳуқықый үгит-нәсиятлаўдың инновациялық усылларынан пайдаланылады. Бул ҳаққында «2024-2025-жыллары жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет Қарары қабыл етилди.

Мәлим етилиўинше, төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2024-2025-жыллары жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланған. Онда бир неше жумыслар әмелге асырылады.

Бириншиден, шахс, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң өз-ара қатнасықларында халықтың ҳуқықый мәдениятын раўажландырыў;

Екиншиден, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты раўажландырыўда ҳуқықый үгит-нәсиятлаўдың инновациялық усылларын енгизиў;

Үшиншиден, халықтың мәдениятын раўажландырыўда ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў;

Төртиншиден, ҳуқықый мәдениятты раажландырыўдың илимий тийкарларын изертлеў.

Буннан тысқары, бағдарламада белгиленген илажлар өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы ҳәм нәтийжеси бойынша мағлыўматлар ҳәр шеректиң жуўмағында Әдиллик министрлигине берип барылыўы ушын тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары жеке жуўапкер болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги