Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде мәлимлеме сиясаты бойынша үлкен өзгерислер әмелге асырылды, тараўда бир қатар жетискенликлерге ерисилди. Кейинги 5-6 жылда ғалаба хабар қуралларының, журналист ҳәм блогерлердиң жумысын кеңейтиў, медиа-базарда мәлимлеме қатнасыўшыларына теңдей шараятлар жаратыў мәселелери  жаңа басқышқа көтерилди.

Ҳәр бир министрлик ҳәм уйымларда мәлимлеме тараўына жуўапкер лаўазым енгизилди. Өзбекстан бойлап дерлик 252 мың км узынлықта оптикалық талшықлы байланыс линиялары орнатылды, мобил байланыс таяныш станцияларының саны 66,3 мыңға жеткерилди. Нәтийжеде интернеттен пайдаланыўшылардың саны 34 миллионнан артты.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен өткерилген «Жаңа Өзбекстан: еркин раўажланыўдың мәлимлемелестириў тийкарлары» темасындағы дөгерек сәўбетлеринде айтып өтилди. Илажда Өзбекстанда мәлимлемелестириўди тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған реформалар, тараўдың хуқықый тийкарлары және мәлимлеме алыў  ҳәм оны еркин тарқатыў ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз жүргизилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда сөз, мәлимлеме ҳәм баспасөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған хуқықый реформалар ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан-ақ басланған. Атап айтқанда, 1992-2002-жыллар арасында «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳақында»ғы, «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы, «Журналистлик жумысты қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилген.

Мәлимлеме сиясаты бағдарындағы ҳәрекетлердиң нәтийжеси, халықтың мәлимлеме алыў имканиятлары кеңейди, интернет пенен қамтып алыў дәрежеси артты.

Илажда шығып сөйлегенлер тараўда әмелге асырылып атырған избе-из реформалар ҳәм олардың мәниси ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.

М.Комилова, ӨзА