Президентимиздиң қарарына тийкарланып қарақалпақ халқының лирик ҳәм классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық дәрежеде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилген еди. Усы мүнәсибет пенен  орынларда шайырдың дөретиўшилик мийнетлерине бағышланған илажлар даўам етпекте.

Нөкис районы Руўхый ағартыўшылық орайында болып өткен илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б.Матмуратов, Олий Мажлис депутаты Л.Сейтова, Өзбекстан мәмлекетлик  көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалы  доценти Қ.Юсупов, Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти Ж.Низаматдинов ҳәм Ғ.Алламуратовлар қатнасты.

Әжинияз Қосыбай улы өзиниң бийтəкирар ҳəм мазмунлы шығармалары менен халқымыздың мəденияты ҳəм əдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳəм уллы адамгершилик идеялары тийкарында тəрбиялаў, туўысқан  халықлар арасындағы дослық ҳəм әдебий  байланысларды  беккемлеўге мүнəсип үлес қосқан уллы сөз зергери болып есапланады. Илажда сөзге шыққанлар шайырдың усындай пазыйлетлери жаслар тәрбиясында әҳмийети жоқары екенлиги ҳаққында пикирлерин билдирип,  оның бийбаҳа шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳəм басқа да туўысқан халықлар тəрепинен де сүйип оқылып атырғанлығын атап өтти.

Илажда мектеп оқыўшылары  шайырдың қосықларынан көркемлеп оқып берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги