Өзбекстан Республикасы Жоқары суды ҳәм Орайлық Азия Жасалма интеллект ассоциациясы (AICA) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Жоқары суд баслығы Бахтиёр Исломов ҳәм Орайлық Азия Жасалма интеллект ассоциациясы баслығы Владимир Норов қол қойған бул ҳүжжет судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын басқышпа-басқыш енгизиўге қаратылған.

Ендигиден былай тәреплер бул бағдардағы еки тәреплеме ашық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырады ҳәм беккемлеп барады.

2023-жыл 16-январьда «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилгенлигин айтып өтиў керек.

Пәрман менен 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы тастыйықланған. Онда судларда информация-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Бул стратегияны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасында Суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыўды және де кеңейтиў мақсетинде судлар жумысына пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў, суд ҳүжжетлери жойбарларын автомат түрде таярлаў ҳәм суд әмелиятын таллаў бағдарында жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша илажлар көриў ўазыйпасы белгиленген.

Бул ўазыйпалардың орынланыўында суд-ҳуқық жумысын толық санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўын жетилистириў, суд мәжилислеринде аралықтан қатнасыў имканиятларын кеңейтиў сыяқлы бағдарлар бойынша анық илажлар ислеп шығылған.

Дүньяда санластырыў көлеми ҳәм раўажланыў тенденцияларының жеделлесиўи суд-ҳуқық системасында мәлимлеме технологияларының кеңнен тарқалыўына жол ашты.

Судлардың жумысында пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў, суд ҳүжжетлерин автоматикалық түрде таярлаў ҳәм суд қарарларын таллаў системаларының енгизилип атырғанын есапқа алған ҳалда бул тараўдағы жетекши эксперт ҳәм қәнигелер менен тығыз байланыс орнатыў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр.

Қол қойылған меморандум усындай әҳмийетке ийе болып, жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА