Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жузыўшысы Оразбай Абдурахманов туўылған күниниң 75 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Әдебий әндуманда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид, «Халқ сўзи», «Народное слово» газеталарының бас редакторы, белгили журналист, устаз дөретиўши Ўткир Раҳматов, атақлы дөретиўши Нурали Қабул, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Неғматулло Худайбергенов ҳәм басқалар Оразбай Абдурахмановтың дөретиўшилик жолы, ибратлы жумысы ҳаққында ҳәр тәреплеме шығып сөйледи.

Жазыўшылар аўқамы мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, Оразбай Абдурахманов 1949-жылы 27-августта Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районында туўылған. Хожели қаласындағы 1-санлы мектепте оқып, Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети)ниң журналистика факультетин (1973) тамамлаған. Дөретиўши «Жеткиншек» газетасы, «Әмиўдәрья» журналында әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўапкер хаткер болып ислеп жүрген ўақытлары жазыўшы қәлеминиң ысылыўында әҳмийетли бир дәўир болды.

Ол Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында әдебий мәсләҳәтши, «Қарақалпақфильм» киностудиясында директор, Қарақалпақстан Руўхый-ағартыўшылық орайы баслығының орынбасары, «Өзбектелефильм»ниң Қарақалпақстан бөлиминиң директоры ҳәм Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары лаўазымларында ислеген.

Жазыўшының өмир жолы тәғдири, әдиллик сынағы ҳәм дөретиўшилик дүньясы менен байланысқан.  Ол бир жағынан сатираның раўажлананыўына үлкен үлес қосқан болса, басқа жағынан қарақалпақ әдебиятына эссе жанрын алып кирди. Батыс әдебиятында белгили болған эссе жанрын шығысқа тән мазмун менен байытты. «Аралым дәртим мениң» (1985) эссеси ЮНЕСКО медалына ылайық көрилди.

1987-жылы басып шығарылған «Мырзаның изи менен» эссеси болса «экстрасенс» нықабы астындағы диний экстремистлер топарының өтириклерин ашып, дүньяның жетекши тиллеринде басып шығарылды.

Жазыўшының биринши китабы «Бир муҳаббат тарийхы» атамасы менен «Қарақалпақстан» баспасында 1977-жылы басып шығарылған. 2009-жылы «Сайланды шығармалар» китабы басып шығарылып, шығармалары өзбек, рус, әзербайжан ҳәм татар тиллерине аўдармаланған.

Ғәрезсизлик жыллары «Өзбекстан» телеканалында көрсетилген «Темир тулпар пәрўазы», «Миздакхан», «Хорезмниң алтын айланбасы», «Аяз қала», «Өзбекстан темир жоллары», «Мозийхана», «Қоңырат сода заводы» сыяқлы ҳүжжетли фильмлер де жазыўшы жазған сценарийлер тийкарында түсирилген.

Ғәрезсизлик жылларында Оразбай Абдурахмановтың көп тәреплемели дөретиўшилиги мүнәсип сыйлықланды. Оған 1999-жылы «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери», 2000-жылы «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», 2004-жылы «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» ҳүрметли атақлары берилди. 2018-жылы болса «Өзбекстан халық жазыўшысы» ҳүрметли атағына еристи.

Әдебий әнжуманда Оразбай Абдурахманов дөретиўшилигиниң өзине тәнлиги ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Н.Усмонова, Аҳмад Тўра (сүўрет),

ӨзА