Турмысымызда инновациялық технологиялардың кеңнен қолланылыўы пуқараларымыздың ой-өриси ҳәм көзқарасының өзгериўине өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте. Буны халық хожалығының барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислер негизинде көриўимизге болады.

Мине, усындай үлкен раўажланыўлар әмелге асырылып атырған ўақытта пуқараларымыздың энергия ресурсларына болған талабы да артары сөзсиз. Солай екен энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ысырапгершиликке жол қоймаў ҳәр биримиздиң инсаныйлық миннетимиз болып есапланады.

Сонлықтан бүгинги күни «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы ҳәм оның Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен халық арасында тәбийғый газди үнемлеў, энергия үнемлеўши газ үскенелеринен пайдаланыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, энергия үнемлеўши үскенелер, яғный, заманагөй газ горелкалары айлық газ сарыпланыўын 40-45 процентке үнемлейди екен. Сондай-ақ, заманагөй горелка газ басымы өзгергенде, тәмийнатта өзгерислер болғанда, авариялық жағдайларда автомат тәризде ислеп, ең тийкарғысы қәўипсизликти тәмийинлеўде, жүз бериўи мүмкин болған газ ийисиниң алдын алыўда, өрт қәўпи ҳәм тәбийғый газди үнемлеўде мине, усындай үскенеден пайдаланыў әҳмийетли болып табылады.

-Гүзги-қысқы мәўсимде бир хожалық орташа ески жасалма усылда исленген горелка арқалы орташа 650 куб метр газден пайдаланатуғын болса, жаңа заманагөй гарелкалар арқалы 300, 350 куб метр газди үнемлеўге ерисиледи,-дейди «Беруний тумангаз» газ тәмийнаты бөлиминиң бас инженери Айбек Аўезов.- Әлбетте, пуқараларымыз бул арқалы газ ушын төлем пуллары ҳәм бийбаҳа байлығымыз саналған тәбийғый газди үнемлеген, тәбийғый газдиң алыс аймақлардағы тутыныўшыларға да жетип барыўын тәмийинлеген боламыз.

Беруний районында жәми 16 мың 695 жеке хожалықлар тәбийгый газ тутыныўшылары болып, олардан 14 мың 737 си ҳәўли үйлерде, ал, 1 мың 641 хожалық көп кабатлы турак жайларда жасайды. Усы хожалыклардың хәр биринде бир күнде кеминде  1 куб метр газ үнемленсе,  16 мың 695 куб газ, бир айда 500 мың 850 куб газди үнемлеўге ерисиледи.

Бөлимимиз кәнигелери ҳәзирги ўақытлары районның барлық аймақларында болып, район турғынларына үйлериндеги қазанханаларға  заманагөй газди үнемлеўши үскенелерди орнатыўды ҳәм оннан пайдаланыўды усыныс етпекте.

Ҳақыйқатында да, бизиң хәр биримиз тәбийгый газден ақылға уғрас пайдалансақ ғана келешек әўладларымызға да тәбийғый ресурслардан пайдаланыў имканиятын жаратқан боламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы