Қарақалпақстан Республикасы судында гезектеги Президиум мәжилисинде биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьяның ант қабыллаў мәресими өткерилди.  

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы жыл 11-сентябрьдеги қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының судьясы Зебо Базарбаеваның анты тыңланды.

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов сөзге шығып, Қарақалпақстан судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкилге исеним билдирип, әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысында табыслар тиледи. Судларда узақ жыллардан берли даўам етип киятырған “Устаз-шәкирт” бағдарламасы  тийкарында жас қәнигеге тәжирийбели судья З.Бабаджанова устаз етип бириктирилди.

Илажда сөзге шыққанлар жас судьяға жақсы тилеклерин билдирди.  Өз гезегинде, жаңадан судьялар корпусына қосылып атырған З.Базарбаева билдирип атырған исенимди ақлаўға, тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзиниң бар билим ҳәм тәжрийбесин жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги