Фоторепортаж
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ҳәзирги күнде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тахтакөпир районындағы Қаратерең көлиниң жағасында да усы реформалар нәтийжесинде заманагөй дем алыў дәргайы бой тикледи.
Көлдиң әтирапын абаданластырыў жумысларының басланғанына еле көп ўақыт болмады. Өткен жылы бул жерлер қараўсыз шөл майданы еди. Қысқа ўақыт ишинде исленген жумыслар, өзгерислерди көрип, көзиңиз қуўанады.
Гөззал тәбияты ҳәм татлы балығы менен әййемнен белгили болған көл әтирапында бүгин ири илажлар өткериў ушын мөлшерленген бир неше заманагөй қара үйлер қурылды. Келешекте Қаратерең көлиниң жағасы ири форумлар, халықаралық әнжуманлар өткериў мәнзилине айланады.
Сондай-ақ, көл жағасында бақлаў майданшасы, Бөршитаў таўының төбесиндеги тегисликке жол өткизгиш имараты, узынлығы 130, бийиклиги 80, кеңлиги 3 метр болған көпир қурылмақта. Туризм орнына алып баратуғын жоллар асфальтланды.
Қаратерең көлиниң жағасындағы жаңаланыўлар әллеқашан көпшиликте үлкен қызығыўшылық ҳәм жақсы тәсирлер оятпақта.
Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),
Қарақалпақстан хабар агенлиги