Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районында дөретиўшилик, халыққа мүнәсип шараят жаратыў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жумыссызларды жумыслы, дәраматлы етиў мақсетинде Сырдәрья ўәлаятының исбилермен ўәкиллери, кең жәмийетшилик, белсендилер тәрепинен көплеген ийгиликли ҳәм саўаплы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бундай итибардан, ғамхорлықлардан қанлыкөлшилер оғада қуўанышлы. Сырдәрьялылардың басламасы менен Қанлыкөлде және бир ийгиликли ис әмелге асырылды. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигнииң 33 жыллығы мүнәсибети менен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың 33 перзентиниң сүннет тойы өткерип берилди.

Тойда Сырдәрья ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Абдураҳим Умаров, Қанлыкөл районы ҳәкими Баҳром Султанов басшылығындағы белсендилер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, мәмлекетимиз басшысы, оның итибары себепли Қанлыкөлде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, халықтың турмыс тәризин жақсылаў бағдарында алып барылып атырған басламалар ҳаққында сөз етилди.

Тойда балалардың ҳәр бирине велосипед, мазалы затлар, бастан-аяқ кийим-кеншек саўға етилди. Ертек қаҳарманларының қатнасыўындағы тамашалар, мәденият хызметкерлериниң музыкалық шығыўлары илажға және де көтериңки руўх бағышлады.

Ғулом Примов, Ш.Ортиқбоев (сүўрет),

ӨзА