«Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўындағы нызамшылыққа әмел етилиўи ҳәм оның орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-136-санлы, 11.09.2024 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола:
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўындағы нызамшылыққа әмел етилиўи ҳәм оның орынланыўы үстинен қадағалаўға жуўапкер болған Бас прокурордың орынбасары лаўазымы киргизиледи;
Бас прокуратураның шөлкемлестириў-штат структурасында 7 штат бирлигинен ибарат Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўында нызамшылық үстинен қадағалаў басқармасы шөлкемлестириледи;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық прокуратураларында жәми 28 штат бирлигинен ибарат Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўында нызамшылық үстинен қадағалаў бөлимлери шөлкемлестириледи.
Жаңадан киргизилип атырған Бас прокурордың орынбасарына төмендеги ўазыйпалар жүкленеди:
- Ҳәр ҳәптеде кеминде бир район (қала)ға барып, кәмбағал шаңарақларды реестрге киргизиў ҳәм шығарыўдың ҳақыйқыйлығын үйрениў;
- Кәмбағал шаңарақларға берилип атырған қаржылар ийесине мәнзилли жетип барыўын қадағалаў;
- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўында жүкленген ўазыйпаларды керек дәрежеде орынламаған жуўапкерлерге нызам үстинлиги ҳәм жаза сөзсиз екенин тәмийинлеў;
- Социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў тараўында қабыл етилип атырған нызамлардың талаплары, Президенттиң Пәрман ҳәм қарарларында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги