“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳəм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыў мақсетлеринен бири халық арасында саламат турмыс тəризин қəлиплестириў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, соның менен бирге, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа системаны жаратыў ҳəм олар ушын қолайлы ҳəм мақул болатуғын орталықты жаратыў болып есапланады.
“Юксалиш” ҳəрекети усы ўазыйпалардың нəтийжели əмелге асырылыўын тəмийинлеў мақсетинде аймақлық қан қуйыў орайлары менен биргеликте мəмлекетимиздиң 14 аймағында усы жылдың 9-13-сентябрь күнлери “Биз донормыз” қан тапсырыў акциясын өткериўди режелестирген.
Усы акциясы 11-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў орайында өткерилди. Оған Айрықша жағдайлар басқармасы, Миллий гвардия хызметкерлери, жаслар ҳəм белсенди пуқаралар қатнасты.
Мақсет қурамалы операциялардан кейин, аўыр жарақатлар ямаса онкологиялық кеселликке шатылған ҳəм қан қуйыўға жүдə мүтəж болған наўқасларды қоллап-қуўатлаў болып табылады. Соның менен бирге, жəмийетте өз-ара жəрдем мəдениятын қəлиплестириў, бул процесстиң əҳмийетин кеңнен түсиндириў, сондай-ақ, донор қанының жетиспеўшилиги машқаласына жəмийетшиликтиң итибарын қаратыў болып табылады. Бундай илажларды үзликсиз түрде өткериў емлеўханалар ҳəм медицина орайларында қанның жеткиликли дəрежеде тəмийинлениўине жəрдем береди, бул əсиресе, айрықша жағдайлар ҳəм режелестирилген операциялар ушын зəрүрли болып табылады.
Жəҳəн ден саўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысына бола, халықты қан компонентлери менен тəмийинлеў ушын қан тапсырыўлар саны халық санына салыстырғанда ҳəр 1000 адамға кеминде 10 ды ямаса халықтың санына салыстырғанда 1 процентин қураўы керек. Өзбекстанда бул көрсеткиш 2023-жылда ҳəр 1000 адамға 7,8 донорлық туўра келген. Бул 0,78 процентти қурайды. Бул санлар мəмлекетте қайырқомлық дəрежеси жеткиликли емеслигин көрсетпекте.
Мәмлекетимизде 18 жастан 60 жасқа шекемги дене салмағы 50 килограммнан жоқары өзин саламат деп билген Өзбекстан пуқаралары донор ретинде қан тапсырыўы мүмкин. Қан алыў муғдары да ҳəр бир инсанның жағдайынан келип шығып белгиленеди. Кеминде 350, көпшилигинде болса 450 миллилитр алынады. Қағыйдаға бола, 500 миллилитрге шекем алыў мүмкин.
Қан тапсырыў интервалы ер адамлар ушын ҳəр еки айды, ҳаял-қызларда болса үш айды қурайды. Солай етип, ер адамлар бир жылда бес мəрте, ҳаял-қызлар болса төрт мəрте қан тапсырыўы мүмкин.
Қан тапсырыўдың донорға да əдеўир пайдасы бар. Олардың қаны мудамы жаңаланып турыўы есабынан инфаркт, инсулът ҳəм басқа жүрек кеселликлерине шатылыў қəўипи азаяды. Донорлар қан тапсырыўдан алдын шыпакер қабыллаўында болады. Бул турақлы түрде денсаўлықлары ҳаққында бийпул мағлыўматқа ийе болыў имканиятын береди.
Донорға сол күни ҳəм тағы қосымша бир күн айлық мийнет ҳақы муғдары сақлап қалынған ҳалда жумысынан дем алыўы мүмкинлиги ҳаққында мəлимлеме бериледи. Бул күн донордың ықтыярына қарай мийнет демалысына да қосылыўы мүмкин. Солай екен, қан тек донорлар күнинде емес, жыл даўамында керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги