Пүткил халқымыз жақында ғана Өзбекстан Республикасы мǝмлекетлик Ғǝрезсизлигиниң 33 жыллығын салтанатлы түрде байрамлады.

Бул тарийхый сǝнеге ҳǝр бир мийнет жǝмǝǝти мол саўғалары менен келди. Олардың ишинде “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалының да гиреўли орны бар.

Бүгинги күнде филиал балансында 35-110 кВлы 107 жǝрдемши станция ҳǝм узынлығы 21 мың 982,5 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармағы, 6 мың 309 дана трансформатор пункти болып, олар арқалы республикамыз аймағында жасаўшы жеке тутыныўшылар, социаллық ҳǝм санаат тармақлары электр энергиясы менен тǝмийинленип келинбекте.

2024-2025-жыллардың гүзги-қысқы мǝўсимине таярлық көриў мақсетинде Қарақалпақстан  Республикасы аймағында электр энергиясы тǝмийнатының турақлылығын тǝмийинлеў ушын 2 мың 382,9 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармағына ҳǝм 700 дана трансформатор пунктине ири оңлаў жумысларын өткериў режелестирилип, бүгинги күнде бул реже артығы менен орынланды. Сондай-ақ, филиал жǝмǝǝти республикамыз аймағындағы жаңа қурылыс объектлерине электр энергиясын жеткерип бериўде шөлкемлескенлик пенен мийнет етип, халқымыздың алғысына сазаўар болмақта.

Усындай мийнет табысларына ерисиўге салмақлы үлесин қосқан филиалдың бир топар хызметкерлери “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети баслығының Алғыснамасына миясар деп табылған еди. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Жыйналғанлар алдында шығып сөйлеген “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалының директоры А.Нурымбетов сыйлықланғанларды ерискен табыслары менен қызғын қутлықлады ҳǝм алдағы жумысларында табыслар тиледи.

Мийнет жǝмǝǝтиниң табыслары Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги дǝрежесинде итибарға сазаўар болып, филиал директоры А. Нурымбетов министрдиң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған еди. Бул сыйлықты “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы кǝсиплик аўқам комитетиниң баслығы В.Стаценко салтанатлы жағдайда тапсырды.

    Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар өзлериниң азғана мийнетин жоқары дǝрежеде баҳаланғаны ушын миннетдаршылық билдирип, бундай итибар жǝне де нǝтийжели ислеўге жетелейтуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги