Мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў, үлкен турмысқа таярлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў системасын жетилистириў мақсетинде бир қатар әмелий   илажлар алып барылмақта.

Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-аналар қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы  қарарына муўапық Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен Әмиўдәрья районындағы 4 жасқа жаңа турақ жайдың гилтлери ҳәм ҳүжжетлери тапсырылды.

Ҳақыйқатында да, дүньяда ҳәр бир инсан өзиниң жеке турақ жайы болыўын қәлейди. Бул жаслар да Ўатан ишинде киши Ўатанға ийе болыў әрманы менен жасаған болса керек. Мәмлекетимиз басшысының аталарша ғамқорлығы себепли олардың ийгиликли нийетлери әмелге асты.

Социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға берилип атырған усындай итибар мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” идеясы тийкарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги