Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған Нызам менен Қала қурылысы ҳүжжетлерин таярлаў системасы жетилистириледи. Бул   ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы мәлим етти.

Мәлим болыўынша, Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Қала қурылысы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Оған бола, Қала қурылысы кодексине Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң атамасын ҳәм ўәкилликлерин анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, Өзбекстан аймағын раўажландырыўды режелестириў бас сызылмасын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар аймақларын раўажландырыў сызылмаларын ислеп шығыў жолы менен елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин таярлаў системасы жетилистирилмекте.

«Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги