Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға ғамқорлықлар көрсетилип, келешекте олардың жәмийеттен өз орнын табыўы ушын барлық имканиятлар жаратылып келинбекте.

Әсиресе, Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажалары ҳаққында» ғы қарарына тийкарланып, республикамызда усы бағдардағы жәрдемге мүтәж  көплеген балалар турақ жай менен тәмийинленип келинбекте.

Қанлыкөл районы «Дослық» мәҳәллеси турғыны, ата-ана қарамағынан айырылған Р.Есебаев сол аймақтан 2 ханалы ҳәм «Қанлыкөл» посёлкасында жасап келген, ата-анасы қарамағынан айырылған Б.Қалбаев «Дослық» МПЖ аймағынан 2 ханалы турақ жай менен тәмийинленди.

-Бундай ғамқорлықлары ушын ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз. Бизлерге билдирилген исенимди елимиздиң раўажланыўы ушын хызметлеримиз  бенен ақлаўға ҳәрекет етемиз,-дейди турақ жайлы болған жаслар қуўанышлы түрде.

Жасларға турақ жай гилтлерин тапсырыў илажына район ҳәкими Б.Султанов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги