Нөкис қаласынан 80 км узақлықта жайласқан Қаратаў елаты Қараөзек районының ең шетки аймақлардың бири болып, бул жерде ҳәзирги ўақытта көплеген қурылыс ҳәм санаат кәрханалары жумыс алып бармақта.

Қараөзек районы  ҳәкими А. Баймуратов усы аймақта болып, район прокуратурасы ҳәм Қаратаў массивинде жайласқан бир қатар ири кәрхана басшыларының қатнасыўында жумыссыз пуқаралар ҳәм жаслар менен ушырасты.

Онда район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм кәрхана басшылары шығып сөйлеп, Қаратаў массивиндеги кәрханаларда бәнтлиги тәмийинленбеген жасларымыз ушын бос жумыс орынларының бар екенлиги, ол жерде жумыс ислеўшилерге жаратылған қолайлықлар менен таныстырып өтти.

Өз-ара ашық сәўбет тийкарында өткерилген ушырасыў, сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Буннан соң жумыссыз пуқаралардың қатнасыўында бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилип, онда район аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери өзлеринде бар  33 бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Ярмарка даўамында Қараөзек районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими  тәрепинен 16 жумыссыз пуқараға жумысқа орналасыў, 1 пуқараға ҳақы төленетуғын жәмийетлик  жумысқа орналасыў ушын жолламалар берилди.

Ал, 3  пуқараға болса, мийнет қатнасықларына байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы