Усы жылдың 9-сентябрь күни Сенатта Ал-Азҳар университети делегациясы менен ушырасыў өткерилди.

Онда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы ҳәм Египет Араб Республикасы арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгени айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет парламентлери, ҳүкиметлери, министрлик ҳәм уйымлары дәрежесиндеги турақлы байланыслар ҳәм сөйлесиў барған сайын раўажланып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң белгили исламтаныўшы илимпазлары, жетик қәнигелери, дин тараўы ўәкиллери қатнасып атырған «Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳуқықларына байланыслы ислам тәлийматы нормаларын үйрениўдиң теориялық-нәтийжесин әмелде қолланыў тәреплери» темасындағы оқыў семинарына тоқтап өтилди.

Соның ишинде, семинар ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша әмелий усынысларды алға қойыў, усыныслар ислеп шығыў ҳәм унамлы тәжирийбелердиң турмыста қолланылыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

БМШ Халықтаныў қоры Ал-Азҳар университети менен ҳаял-қызлардың ҳуқықларын, саламатлығын тәмийинлеў, билим алыў, мийнет пенен шуғылланыў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыў мәселелери менен көп жыллық бирге ислесиўге ийе екенлигин атап өтиўимиз керек.

Сөйлесиў ўақтында келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын режелер, биргеликте өткерилетуғын халықаралық илажлар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты,-деп жазады senat.uz сайтында.

                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги