Елимиз басшысы тǝрепинен алға қойылған “Жаңа Өзбекстан”ды қурыў басламасы барлық тараўлардың алдына үлкен ўазыйпалар жүклемекте.
Экономиканың жетекши буўынларының бири есапланған энергетика тараўында да халқымыздың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тǝмийинлеўге қаратылған ири жойбарлар ǝмелге асырылмақта. Солардың ишинде электр энергиясы тǝмийнатын жақсылаў менен байланыслы үлкен жумыс көлемин ǝмелге асырыў режелестирилген.
Усы күнлери республикамыздың барлық қала ҳǝм районларында электр узатыў тармақларын жаңалаў бойынша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Кегейли районындағы “Абат аўыл” фидеринен электр энергиясын алатуғын тармақлар да заман талапларына сай түрде реконструкцияланбақта.
Ғǝрезсизлик байрамын мүнәсип күтип алған районлық электр тармақлары кәрханасы жәмәәти 59-санлы трансформатор пунктиниң 0,4 кВ ҳаўа электр узатыў тармағындағы тозыўы жеткен бағаналардың орнына темир-бетон бағаналарын орнатыў жумысларына кирисип кетти. Тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўде айтарлықтай “шығынлар”ға себеп болыўшы алюминий сымлар заманагөй СИП-кабельлерге алмастырылғаннан соң шетки аймақта электр тǝмийнатының турақлылығына ерисиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги