Нөкис районлараралық экономикалық судының баслығы  С.Ниязов тәрепинен Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминде тараў хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.

Онда тийкарынан Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларында қалдықта турған орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын жеделлестириў мәселелери талқыланды.

Атап өтилгениндей, 2024-жылдың биринши ярымы даўамында Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына жиберилген орынлаў ҳүжжетлерин үйрениў барысында, бүгинги күнде бюроның Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўинде 397 орынлаў ҳүжжети  орынланбай атырғанлығы мәлим болды.

Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы”ғы Нызамының 30-статьясына муўапық, орынлаў ҳәрекетлери ҳәм ҳүжжетиниң талаплары, олардың ықтыярый орынланыўы ушын белгиленген мүддет жуўмақланған күннен баслап еки ай ишинде мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм орынланыўы кереклиги белгиленген. Жоқарыдағылар тийкарында, көп ўақытлардан берли орынланыўы тәмийинленбеген усы ҳүжжетлердиң орынланыўын бақлаўға алған ҳалда, тез күнлерде орынлаў илажларын көриў  кереклиги, келешекте орынлаў ҳүжжетлериниң Нызамда белгиленген мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў ҳәм әмелде жуўмақланған, бирақ электрон мағлыўматлар базасы арқалы нәтийжеси техникалық себеплерге байланыслы көринбей турған орынлаў ҳүжжетлери бойынша мәжбүрий орынлаў бюросының қарарларын почта яки басқа да байланыс тармақлары арқалы жибериў кереклиги атап өтилди.  Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўиндеги  397 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша Нөкис районлараралық экономикалық суды менен бирге ислесиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Ушырасыўда  мәмлекетлик орынлаўшылар тараўда орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдағы айырым мәселелер бойынша  өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агетлиги