Мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы қарсаңында республикамыздың көплеген орынларында мәҳәллелердиң имаратлары қайтадан қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Усындай илажлар қатарында Қанлыкөл районы «Бескөпир» МПЖ имараты жаңадан қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды.
Илажға Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, район ҳәкими Б.Султанов, сектор басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм мәҳәлле турғынлары қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер заманагөй типтеги имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде мәҳәлле институтлары жумысларын жетилистириў, халыққа қолайлы шәраятлар жаратыў бойынша жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етти. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда «Бескөпир» мәҳәллесинде Президентимиздиң 2023-жыл, 13-июлдағы қарары менен ажыратылған 500 миллион сум ҳәм «Абат шаңарақ, абат көше ҳәм абат мәҳәлле» критериялары тийкарында кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Мәҳәлле имаратында мәҳәлле жетилигиниң жумыс алып барыўы, әсиресе, пуқаралар менен тығыз бирге ислесиў ушын барлық шараятлар жаратылған болып мәҳәлле баслығы ҳәм жетиликтиң жумыс ханалары, пуқараларды қабыллаў сондай-ақ, руўхыйлық ханасы заманагөй көриниске енген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги