Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Э.Таджиев басшылығында Қараөзек районында мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында алып барылып атырған  қурылыс жумысларының сапасы менен жумыс нәтийжелилиги үйренип шығылды.

Атап айтқанда, Президентимиздиң 2023-жыл 25-декабрьдеги  “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша райондағы Қутлы мәкан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебин реконструкциялаў жумыслары менен танысты. Үйрениў даўамында бөлип алып ислеўши мәкемениң баслығы ҳәм тараўдың жуўапкерлерине билимлендириў объектиниң қурылысын тез күнлерде жуўмақлаў, есабатларда қосып жазыў ҳәм сапасыз жумысларға жол қоймаў бойынша ескертилди.

Буннан тысқары жуўапкерлер Нөкис қаласының мәкан пуқаралар жыйынларында жанылғы энергия ресурсларын үнемлеў бойынша шөлкемлестирилген штаб ағзалары менен жуўапкер хызметкерлериниң бул ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, гүзги-қысқы мәўсимге шығынсыз өткериўге қаратылған жумыслары менен танысты.

Штаб ағзалары, секторлардың басшылары ҳәм мәҳәлле жетилигиниң жумысларын шөлкемлестириўде кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды. Жанылғы-энергия ресурсларын үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў, халыққа  электр энергиясы ҳәм тәбийғый газды үзликсиз жеткерип бериўге байланыслы нызамшылықтың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы қатаң тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агетлиги