Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы қарары тийкарында республикамыздың барлық орынларында халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламына ҳүкиметимиз тәрепинен жәрдем берилип, олардың жарамсыз ҳалға келип қалған турақ жайлары қайтадан салынып, оңланып ҳәм шиферланып берилмекте.
Тақыятас районындағы «Нурлы келешек» МПЖ аймағындағы социаллық жәрдемге мүтәж В.Валиеваның турақ жайы қайтадан салынып берилмекте.
– Алдын көплеген қыйыншылықлар көрдим. Жайымды өзим тиклеўге қурбым жетпеди. Көплеген шаңарақлар қатарында жайымыздың қайтадан салып берилип атырғанлығы ушын Президентимизге миннетдаршылығым шексиз,-дейди Венера.
Мағлыўмат ушын, Тақыятас районында бүгинги күнге шекем соцаллық жәрдемге мүтәж болған 339 шаңарақтың турақ жайларының төбелери шиферланып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги