Быйыл 27-октябрь күни болып өтетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатларының сайлаўына таярлық көриў процесслери қызғын өтпекте. Сайлаў – ҳәр бир партия ушын үлкен сынақ, соның менен бирге кең имканият ҳәм жуўапкершилик дегени. Әсиресе, быйылғы жаңаша, аралас системада өтетуғын сайлаўларда сиясий партиялар арасындағы өз-ара бәсеки, идеялық гүрес және де жоқары дәрежеге көтериледи.
Сайлаўдың ең тийкарғы қатнасыўшылары болған сиясий партиялар усы сиясий илаждағы әҳмийетли ҳүжжет – өзлериниң Сайлаўалды бағдарламаларын жәриялады. Сондай-ақ, парламент төменги палатасының депутатлығына талабанларын усынды.
Сайлаў нызамшылығына бола, ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан көрсетилген депутатлыққа талабанлардың улыўма санының кеминде қырқ процентин қураўы керек. Бул мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған гендер теңлик сиясаты, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы орнын жоқарылатыў бағдарындағы реформаларға сәйкес ҳәм үнлес болған тәреп болып есапланады.
Жоқарыда атап өткенимиздей, мәмлекетимиздеги ҳәр бир сиясий партия парламент төменги палатасы депутатлығына өз талабанларын көрсетти. Атап айтқанда, партиялардан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына бир мандатлы округлер (мажоритар система) бойынша 75, партиялық дизим (пропорционал система) бойынша 100, жәми 175 тен талабанлар алға қойылды. Хош, бул талабанлар арасында ҳаял-қызлар неше процентти қурамақта?
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан көрсетилген талабанлардың 43 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан көрсетилген жәми 175 талабанлардың 76 сы ямаса 43,4 проценти ҳаял-қызлар болып есапланады.
Өзбекстан Экологиялық партиясының V Форумында тастыйықланған депутатлыққа талабанлардың 44,6 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
Халық демократиялық партиясынан болса 47,4 процент ҳаял-қыздың кандидатурасы қойылды.
«Адолат» социал-демократиялық партиясынан Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлардың 45 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
Демек, нызамшылығымызда белгиленген ҳаял талабанлар бойынша 40 процентлик талапқа барлық сиясий партиялар тәрепинен толық әмел етилген. Алдымызда турған сайлаўда қатнасатуғын партиялар талабанларының 43 проценттен 47,4 процентине шекемги бөлеги ҳаял-қызлардан ибарат қурамда қәлиплестирилген. Бул болса елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў, мәмлекетлик ҳәкимияттағы қатнасын кеңейтиўге тийкар болады.
Усы жерде, 2019-жылғы сайлаўда парламенттиң төменги палатасына 48 ҳаял-қыз депутат сайланып, депутатлар улыўма санының 32 процентин, Сенатта болса 25 процентин қурағанлығын атап өтиў керек.
Өзбекстан тарийхында болса биринши мәрте миллий парламентте ҳаял-қызлар саны БМШ тәрепинен белгиленген усынысларға сәйкес дәрежеге жетти. Мәмлекетимиз парламенти ҳаял-қызлар саны бойынша дүньядағы 190 парламент арасында 37-орынға көтерилген еди.
Жаңа шақырықта парламентимизде ҳаял-қызлар саны қандай болыўы усы жылғы сайлаў нәтийжелерине байланыслы, әлбетте. Белсенди ҳәм интакер ҳаял-қызлардың парламентке келиўи ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған ҳәрекетлерди және де раўажландырыўға хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА