Пайтахтымыз Нөкис қаласында жеке исбилермен М.Шымбергенов тәрепинен шөлкемлестирилген 250 орынға мөлшерленген мәмлекетлик емес жеке мектеп пайдаланыўға тапсырылды.
Мектептиң ашылыў мәресимине Кембридж халықаралық эксперти Стив Кинг, Қарақалпақстан мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева ҳәм тараў ўәкиллери қатнасты. Илаж қатнасыўшылары мектепте оқыўшылар ушын жаратлыған имканиятлар менен жақыннан танысты. Мектепте ҳәр бир класста 20 оқыўшыдан, жәми 200 оқыўшы билим алмақта.
Мектепте халықаралық Кембридж оқыў бағдарламасын 2024-2025-оқыў жылынан баслап енгизиў жолға қойылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги