Быйыл июль айында Өзбекстан және дүньядағы ең ири алтын сатып алыўшы мәмлекетлерден бирине айланды, деп жазды Жәҳән алтын кеңеси – World Gold Council.
Бир ай ишинде жәҳән орайлық банки резерви 37 тоннаға байыды. «KAP Depo» инвестиция компаниясының атап өткениндей, бул баҳалы металлдың тийкарғы қарыйдарлары сыпатында Польша Миллий банки (14,3 тонна), Өзбекстан Орайлық банки (9,6), Ҳиндстан Резерв банки (5,4) тән алынған. Кейинги орынларды Иордания (4,3), Түркия (3,8), Қатар (2,3), Чехия (1,6 тонна) ийеледи. Қазақстан (3,9) ҳәм Монголия (0,7) ең көп алтын сатты.
Есап бериў дәўиринде Өзбекстан Орайлық банки алтыны көлеми айына 11,7 миллионнан 12,1 миллион троя унциясы (374,8 тонна)на артты. Соның менен бирге алтын резервиниң баҳасы 1,8 миллиард долларға көтерилип, 29,2 миллиард долларға жетти. Нәтийжеде Өзбекстан ОБ жылдың басынан берли сап алтын сатыўшыдан сап алтын алыўшыға айланды.
– Кейинги айларда ОБ алтын топлаўға садықлық көрсетти,-делинген WGC шолыўында. – Баҳа жаңа жоқары шыңға көтерилиўде даўам еткени себепли жәрияланған талаптың улыўмалық дәрежеси төменлеген болса да, унамлы дәреже сақланып қалды.
Июль айында баҳа бир унция ушын 2325 доллардан 2445,76, айырым ўақытларда 2480 долларға шекем көтерилип, өсиў 5,2 процентти көрсетти.
S&P – “Global Ratings” есабына бола, алтын баҳасының түсиўи күтилип атырғаны ҳәм ағымдағы есап бетиниң жетиспеўшилиги даўам етип атырғаны себепли Өзбекстанның пайдаланыў мүмкин болған валюта резерви 2027-жылға шекем қысқарады. Орайлық банктиң монетар алтын резерви алтын-валюта резерви улыўма муғдарының 80 проценттен артығын қурайды. ОБ мәмлекетимизде қазып алынып атырған алтынды сатып алыўда баслы ҳуқыққа ийе. Яғный, жергиликли валютада сатып алады ҳәм интервенцияның өзбек сумына тәсирин қаплаў ушын долларды жергиликли базарда сатады.
Ш.Маматуропова,
ӨзА