Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 4-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов мәмлекетимизге сапар менен келген Түркия Республикасы сырқы ислер министриниң орынбасары Нуҳ Йылмазды қабыл етти.
Тәреплер жедел раўажланып атырған Өзбекстан-Түркия қатнасықларының әҳмийетли мәселелери, биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўдың барысы, сиясий байланысты жеделлестириў перспективалары, саўда ҳәм инвестициялық байланыслар, мәдений-гуманитарлық ҳәм туристлик алмасыўларды додалады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркия Республикасы Сыртқы ислер министрликлери арасында тийисли министрлик ҳәм уйымлардың қатнасыўында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгерек сәўбети болып өтти.
Сиясий мәсәҳәтлесиўлерге еки мәмлекет сыртқы ислер министри орынбасарлары басшылық етти.
2024-жыл июнь айында Анкарада болып өткен жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңесиниң 3-мәжилиси шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Барлық тараўларда раўажланып атырған байланысларды есапқа алған ҳалда қатнасықлардың шәртнамалық-ҳуқықый базасын және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Көп тәреплеме структуралар, биринши гезекте, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Түркий Мәмлекетлер Шөлкеми шеңберинде бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги