Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм Өзбекстан менен Корея Республикасы арасындағы дипломатиялық байланыс орнатылғанының 32 жыллығы мүнәсибети менен Қубла Кореядағы жетекши басылымлардан бири – «Diplomacy Journal» республикамызға бағышланған арнаўлы санды таярлады.

Журнал бетлери арқалы соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең реформалар сәўлеленген дүркин мақалалар оқыўшыларға усыныс етилген.

Атап айтқанда, басылым жуўапкерлери усы жылы 27-октябрьге белгиленген парламент сайлаўы, мийнет миграциясын тәртипке салыўдың жаңа механизми, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў илажлары, гендер ҳәм жаслар сиясаты, қоршаған орталықты қорғаў, суд-ҳуқық системасындағы реформалар, трансшегаралық суў ресурсларынан пайдаланыў, диний билимлендириў тараўындағы унамлы өзгерислер, туризмди раўажландырыў, коррупцияға қарсы гүресиў, пуқаралық жәмийети институтларының жумысы, китап оқыў ҳәм саўатлылықты раўажландырыў сыяқлы көплеген әҳмийетли мәселелерди қамтып алған.

Арнаўлы сан дөретиўшилери июль айында Корея Республикасы Президентиниң Өзбекстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары ҳәм Ташкентте болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар жуўмағына айрықша итибар қаратқаны, тәбийғый.

Мәмлекетимиз ҳаққындағы  21 мақаланы жәмлеген журнал Қубла Кореядағы министрлик, уйым, компаниялар, Сеулде аккредитациядан өткен сырт еллердиң елшиханалары ҳәм ўәкилханаларына тарқатылды.

1996-жылдан жумыс баслаған, корейс ҳәм инглис тиллеринде басып шығарылатуғын бул ири ғалабалық жәмийетлик-сиясий журнал – «Diplomacy Journal» тек ғана Қубла Кореяда емес, ал сырт елде де мыңлаған оқыўшыларына ийе.

ӨзА