Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз»  сүрени астында Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Билимлер күни» мүнәсибети менен жаңа оқыў жылына арналған мәресимлер өткерилип, билим дәргайларында биринши қоңыраўлар қағылды.

Усындай байрам кешеси райондағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де өткерилип, илажға район ҳәкими Ж.Адилов қатнасты ҳәм жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм  жаңа оқыў жылының басланыўы  менен қутлықлады.

Илажда елимиз Президенти тәрепинен ғәрезсизлик жылларында билимлендириў тараўына қаратылып атырған дыққат-итибар , соңғы жыллары жасларымыздың қолға киргизип атырған табыслары сөз етилип, биринши класқа қабылланып атырған оқыўшыларға Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Соңынан мектепте жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылып, класларда сабақлар басланып кетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги