Бүгин республикамызда жаңа оқыў жылының дәслепки күни. Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Кегейли районында да «Билимлер күни» байрамы сыпатында көтериңки кейпиятта белгиленбекте.
Әсиресе, бул күн район аймағында жаңадан бой тиклеп атырған «Жаңа Өзбекстан» массиви турғынлары үлкен қуўанышқа бөленбекте.
Себеби, бүгин улыўма баҳасы 15,1 млрд сум болған 330 орынға мөлшерленген жаңа мектептиң қурылысы толық питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы ҳәм «Билимлер күни» мүнәсибети менен аймақта байрам илажы болып өтти.
Оған Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов қатнасып, барлық аймақ халқын елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы, «Билимлер күни» ҳәм жаңа мектептиң ашылыўы менен қызғын қутлықлап, бул заманагөй билим дәргайы олардың балалық дүньясындағы арзыў-нийетлерин әмелге асырыўшы муқаддес дәргай болыўына тилеклеслик билдирди.
Байрам кешесинде мектеп босағасына жаңа қәдем таслап атырған 1-класс оқыўшыларына Президент саўғалары тапсырылып, оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды ҳәм класларда дәслепки сабақлар басланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги