Бүгин республикамыздағы барлық мектеплер қатарында Нөкис районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 31 улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.
Усындай байрам кешеси «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынындағы 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилди. Илажға район ҳәкими З.Зайтов қатнасып, быйылғы оқыў жылының басланыўы менен ҳәм усы мектеп оқыўшыларының қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлады.
Илаж даўамында 1-класс оқыўшыларына 12 атамадағы оқыў қуралларынан ибарат Президент саўғалары тапсырылып, жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.
Буннан соң, район ҳәкими тәрепинен «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз» сүрени астында биринши Ғәрезсизлик сабағы өтилип, оқыўшы жасларға соңғы жылларда елимизде жүз берип атырған жаңалықлар бойынша мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги