Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип, бүгин ҳүрметли дем алыста болыўына қарамастан келешек әўладты тәрбиялаўда, олардың Ўатанымыздың келешеги ушын жетик инсан болып жетилисиўинде белсендилик көрсетип киятырған мийнет ветераны Б.Султановқа «Мәнаўият пидайысы» көкирек белгисин тапсырды.
Илажда елимизде «Бир нураний он жасқа жуўапекер» принципи тийкарында алып барылып атырған жумыслар тийкарында жаслар тәрбиясында нәтийжели жумыслар алып барып атырғанлығы атап өтилип, оған Жаңа Өзбекстанды ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды қурыўдағы ийгиликли жумысларында табыслар тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги