Россияның Нижний Новгород ўәлаяты Навашинский районы ишинде Өзбекстан пуқаралары болған микроавтобус жол-транспорт ҳәдийсесине ушырағаны ҳаққында хабар берилген еди. Президент Шавкат Мирзиёев бул ЖТҲда қайтыс болғанларды Ўатанға қайтарыў бойынша тапсырма берди. Бул ҳаққында Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы хабар бермекте.

Дәслеп ҳәдийсе ақыбетинде сегиз өзбекстанлы қайтыс болғаны айтылды, бирақ соң олардан жетеўи Өзбекстан пуқаралары екени анықланған. Сондай-ақ, және үш өзбекстанлы түрли дене жарақатлары менен Нижегород ўәлаятының медицина мәкемелерине жайластырылған.

 «Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына муўапық, мәмлекет Ҳүкимети тәрепинен тез арада қайтыс болғанларды Ўатанға қайтарыўға байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин жедел шешиў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте. Бул мәселе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасының Москвадағы елшиханасы тәрепинен айрықша қадағалаўға алынған», делинеди рәсмий хабарда.

Қосымша етилиўинше, Өзбекстанның Қазандағы Бас консулханасы басшылары ҳәм Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ўәкилханасы хызметкерлери ўақыя орнында зәрүр жәрдем көрсетпекте.

«Қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдиремиз, жарақатланғанлар тезирек саўалып кетиўин тилеймиз», делинеди хабарда.

Сондай-ақ, елшихана қосымша мағлыўмат алыў ушын Өзбекстанның Москадағы Елшиханасы Консуллық бөлиминиң Call-орайы: +7 499 238 36 20; +7 499 230 00 76, ҳәм, Өзбекстанның Қазан қаласындағы Бас консулханасы: +7 843 526 55 63 ке мүрәжат етиў соралған, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги