Салық қосымшасынан өткен айда дерлик 80 миллионға шамалас чеклер өткерилди. Бул ҳаққында «Фискал анализлер» порталы мәлим етти.
Мәлим болыўынша, усы жылдың 1-сентябрь жағдайына Салық мобиль қосымшасында дизимнен өткен пайдаланыўшылар саны 8 миллионға жақынласқан. Бул пайдаланыўшылар август айында мобиль қосымша хызметлеринен дерлик 79,8 миллион мәрте пайдаланылған.
Салық қосымшасында жаңа хызметлер де пайда бола баслаған. Атап айтқанда, «Электрон гилтке төлем», «Фискал модулға төлем» ҳәм «ЙТТ салықларын төлеў» сыяқлы хызметлер ислей баслады.
Ең ғалаба хызметлер сыпатында «Сатылған затлар ушын кешбек» анықланған. Сондай-ақ, «Ижара шәртнамаларын дизимге алыў», «Өзин-өзи бәнт етиў», «Салықларды төлеў», «Салық шерик» сыяқлы хызметлер де белгили сервис түри сыпатында кең тарқалған.
Алдыныр ақ, бир жылда тутыныўшы секторындағы товарлардың баҳасы 10 проценттен көбирекке асқаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги