Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң байрамы отыз үш жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиу орайында байрам илажы болып өтти.
Онда орай бас шыпакери Дж. Мадреймова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде халық хожалығының барлық тараўларында болғаны сыяқлы, медицина тараўында жүз берип атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўларды үлкен мақтаныш пенен атап өтти.
Сондай-ақ, байрам кешесинде быйылғы жаңа оқыў жылында орай хызметкерлериниң биринши классқа оқыўға баратуғын ул- қызларына орайдың кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған оқыў қураллары байрам саўғасы сыпатында тапсырылды.
Өз гезегинде балалардың ата-аналары да өзлерине көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ҳүрмет ушын орай басшыларына миннетдаршылықлар билдирди.
Ал, балалар тәрепинен атқарылған ана-Ўатан ҳәм туўылған жерди жырлаўшы қосықлар болса, кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Г.Хабипова,
Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы
гүресиу орайы кәсиплик аўқамы комитети баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.