1-сентябрь-Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги күни халқымыз асыға күтетуғын уллы байрамлардың бири. Бул байрам сәнеси елимиздиң кең жәмийетшилиги тәрепинен көтериңки кейпиятта белгиленип, қала, аўыл ҳәм көше-қыябанларда байрам сейиллери өткериледи.

Шымбай  районындағы Орайлық амфитеатрда Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы мүнәсибети менен «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында  байрам илажы болып өтти.

Онда район ҳәкими А.Тажетдинов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған  кең көлемли жумыслар, әсиресе, Шымбай районы халқының турмыс абаданлығын, ҳәр бир инсанның бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында исленип атырған ийгиликли ислер ҳаққында атап өтти.

Байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етип, бул илаж қатнасыўшыларының кеўиллерине шексиз қуўаныш бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.