(Гүрриң)

-Полат бүгин шешемнен хабар алып келейик. Кеше телефонда сөйлесип едим, бийшараның аўҳалы жақсы емес қусайды,-деп жөгисиреп, назлана сөйлеген  ҳаялының  гәпине Полат таңлана қарады.

-Ҳаў, бул өзинcеңбе? Нағып қайырқом болып қалдың. Күнде оны атарға оғың жоқ еди-ғо.

-Ҳаў яғаў, неге енди. Енди абысын менен келинниң арасынан  қара пышық өтип турады-ғо. Бизлерде сондаймыз, базыда.

Күйеўиниң қасы-қабығына қарап абысыны Ҳүрлихаға «ашынып» сөйлеп атырған Бийбижан негизинде «узын қулақлар» дан оның рак кеселине шатылғанын еситкен еди. Ғәрези оның денсаўлығы емес, үлкен үйде күйеўинен ерте айырылып бир ул, бир қызы менен жесир қалған  абысынының тезирек деми таўсылағойса  сол үйге ийелик етиў керек деген ой нешше күннен берли тынышын алып жүр еди.  Кешеги еситкен хабары оған майдай жағып, абысынының аўҳалын өз көзи менен көрип келгенше асықты.

Тез қыстаўлы жәрдем көрсетиўши емлеўханада мийирбийке болып ислеп жүрген Ҳүрлиха жүдә кишипейил болып, ағайин-туўған, қоңсы-қоба менен жақсы қатнасықта болды. Ол шаңарақта үлкен келин болса да, ата-енеси кишкене баласын үйлендиргеннен соң, ондағы киши келининиң минезиниң қолайсызлығын билип «өз күнине саў болсын» деди де оларды бөлек шығарып жиберип, буларды қолына алып қалды. Хызмет көрсетиў хош жақпайтуғын Бийбижанға  еки ханалы жай  тарлық етип, үлкен үйге ийелик етиў ойында жасады. Изли-изинен аўырып, төсек тартып жатырған ата-енесине хызмет етип, уколларын салып, өз қызындай болып қараған Ҳүрлиха олардың ақ пәтиясын алып  қалды. Ата-енесинен соң арадан үш жыл өтип, тосаттан өмирлик жолдасы да автоаварияға ушырап, бул дүнья менен хошласты. Сегиз жасар улы, бес жасар қызы менен қалған Ҳүрлиха ушын машақатлы күнлер басланған еди. Күн арадан нәўбетшиликте турып, күндиз жеке меншик клиникада мийирбийке болып ислейтуғын ол өзиниң бар күшин шаңарағы, перзентлерине арнады. Ол өмириндеги бирден болған жағдайды мийнет етиў менен жеңди. Бирақ соңғы гезлери өзиниң денсаўлығындағы болып атырған өзгерислер оны тәўирақ албыратайын деди. Бирақ анаў-мынаўға итибар бере бермейтуғын ол, жумыс пайытында есинен кеткеннен соң, илажсыз медициналық тексериўден өтиўге мәжбүр болды.

-Химия алыўды баслаўыңыз керек,-деди анализ жуўмақларын қолына алып отырған шыпакер оған. Гормонал өзгерислер жоқары басқышта. Емлеў ислерин тезлик пенен баслаў керек.

Шыпакердиң бул сөзи оның төбесинен муздай суў аўдарғандай болды. «Химия алатуғын болсам, жағдайым жақсы емес дегени-ғо. Енди не қыламан. Бул аўырыўдан айығып кете аламанба. Маған бир нәрсе болса балларыма ким қарайды. Ақыры олар еле кишкенеғо»,-деген ойлар оның қыялын қашшан бийлеп алды. Оның көз алдынан тек ғана баллары өтип атырған еди. Ҳақыйқатында да, қәйниси жақсы болған менен келининен кеўли толмайды. Атадан қалған жалғыз туўысқан сиңлиси де турмысқа шығып, қоңсылас мәмлекетте жасайды. Аўырыўдан да бетер, жанын жегидей жеген ойлары оған ҳеш тынышлық бермей, бир ҳәптениң ишинде гүлдей солып, жүдеп азды. Емлеў ислери басланып, үшинши химиядан соң ол даўасыз кеселликтиң алдында қәддин  тик тута алмай, нардай бүгилди.

Оның денсаўлығының жағдайынан хабар тапқан қәйниси қолынан келгенинше жәрдем қолын созды. Тили менен зәҳәрдей шағып алатуғын ҳаялының гәплерине пәрўа етпей мийримли, ақкөкирек жеңгесине берген жәрдемлери пайда етпеди.  Телефонда сөйлескенде ҳаплығып, шаршап қалған абысынының деми-күни жақынласып турғанлығын сезген Бийбижан күйеўине оған  қайырқомдай түр билдирсе де,  ишинен қуўанып тур еди.

-Кеше жақсы едиғо,-деп аўзын жаппай атырып-ақ, Полаттың қол телефоны шыңғырлады. Ол асығыслық пенен машинасын пәт алдырды да, ҳаялы Бийбижанға да қарамастан үлкен үйге қарай қустай ушты. Бирақ, кешиккен еди…

– Әжағаң қайтыс болғаннан кейин сумлықлы қатын жайды қашшан атына өткерип алған екенғо,-деди абысыны қайтыс болғанына көп ўақыт өтпестен Бийбижан күйеўине қарай.

-Не деп отырсаң. Сениң не жумысың бар. Бир адамның шийрин жаны қыйылып, ҳәзир азада отырмыз. Еле топырағы да суўымай атырып, саған дүнья қайғы болып отырсаңба.  Кимниң атында болғанда саған неси қызық,-деп Полат ҳаялына бақырып, күйип-писип қалды. Күйеўиниң ашыўланғанын сезген Бийбижан  дәрҳал ҳийле жолына өтти.

-Сени ойлап атырманаў ағасы. Әжағаңның атында болғанда өзиңниң атыңа өткериў аңсат боларма еди  деймен-дә. Енди балларының атына өтетуғын шығар.

-Балларының атына өтпей, кимниң атына өтеди енди?

-Ҳаў усы кишкене балларға қалай ҳәўиттей жайды исенип тапсырып қоямыз.

-Исенип тапсырып қоймаймыз. Усы жерге көшип келемиз. Ағамнан қалған балларды енди өз баллармызға қосып бағамыз.

Күйеўиниң мына гәпи оған жақпай қалды. Оның ойынша балларды меҳрибанлық үйине тапсырып, өзлери усы үйге көшип келип, «дом» ын кирейге берип қойыў еди. Бирақ оның бул ойларын мушын түйип, ашыў менен айтқан күйеўиниң бир аўыз гәпи шым-шытырық етти.

Анасынан айырылып, бозлап қалған балларға қәўендерлик етип, басларынан сыйпаў орнына Бийбижанның оларға  берген азабы күннен-күнге асып кетти. Жетимлердиң көзин қуртып, жайға ийелик етиў ойы менен жасап атырған ол күйеўиниң қоңсылас мәмлекетлерден  бирине  жумыс ислеўге  кеткенинен соң, ҳәўиж алып кетти. Мектепте оқыўға да жиберместен бирине үй тазалатып, бирине қазан-табақ жуўдыртып, аўқат бермей, күнде азаптың ҳәр түрли усылын қолланатуғын Бийбижанды күннен-күнге шайтан бийлеп, көзи ҳеш нәрсени илмей баратыр еди.

-Мама Айжамалға аўқат берейик, оны неге қамап қойыпсыз,-деген кишкене қызына:

-Ол бүгин аўқат жемейди.  Қазан-табақты шала жуўғаны ушын, бүгин аўқатсыз қалады,-деп қызына жекиринип таслады. Туўысқаншылық, жақыншылық қойсынба? Таяқ жеп, етлери көгерип жылап жатырған әжапасына аўқат апарып берип атырғанын көрген Бийбижан  қызын да қосып сабады. «Енди мениң айтқанымды тыңламай, усындай етип аўқат апарып берсең және таяқ жейсең»,-деп қосып қойды.

Күни бойы үй алдындағы жерди аўдарып, бир тынбаған қайнағасының алтыншы класс баласы да, сол күни аўқатсыз қалды.

Күйеўи қоңыраў етсе, «бәримиз аманбыз, баллар жақсы, оқыўға барып жүрипти»,-деп әнедей етип жуўап қайтаратуғын Бийбижанның сөзи басқа, ойы басқа еди.

-Сизлер жақсы болғаныңызда әке-шешеңиздиң басын жутармедиңиз. Мениң басыма бәле болған жетимлер,-деп күннен-күнге азаптың түрин көбейткен ол, балларды излеп келген мектептеги муғаллимлерине аязлап аўырып атыр, укол салдыртып атырман,-деп әнедей етип қайтарды. Кийимлеринен көринбейтуғын жерлерине урып, тула-беденин көгертип қойған ҳаял бийшара қыз бенен балаға «соннан биреўге айтсаңыз, буннан бетерин көрсетемен көзлериңизге» деп қорқытып, қоңсы-қоба менен басқаларға да өзин балларға қайырқом етип көрсетер еди. Қазан табақты, кирди  шала жуўса, үйди шала сыпырса,  күнде аяқ-қолларын жақсылап қыспаса таяқ астына алып, аўқатсыз қалдырыў менен  «булардан тезирек қутылсам нийетлериме жетисемен. Жай бизлерге қалады» деген жаман ойларын өзиниң кишкене қызы пушқа шығарды. Ол бала менен қызды азаплаў ушын бир ханаға киргизип, ҳеш кимге көрсетпей урып, ҳәўиринен түсер еди. Бир күни қаны қайнап, көзлери жер көрмей,  кишкене қыздың табанларына да ийне тығып таслады. Қыз болса бул азапларға шыдамай, ақыры есинен кетти. Иште жылып атырған қыздың даўысына шыдай алмаған бала бийшара ҳаялға күши жетпей, ақыры қас қарайғанда сыртқа қашып шығып кетти. Жаўызласып кеткен анасының бул қылығы өз перзенти,  кишкене қызының да ишине түсип кетти. Иште есинен кетип жатырған әжапасына жәрдем бериў ушын Бийбижанның үшинши класста оқыйтуғын қызы қоңсыларына барып, әжапасына жәрдем бериў кереклигин айтты. Қоңсы ҳаял дәрҳал ҳуқық қорғаў уйымында жумыс ислейтуғын баласына қоңыраў етип, жәрдем кереклигин айтты…

Бийбижан қылмысына жараса нызам алдында жазасын алды. Лекин ол өзиниң ҳүжданы алдында қәдди бүгиўли, өмирлик жолдасы ҳәм о дүньялық болып кеткен қайнағасы менен абысыны, олардың бийгүнә нәрестелердиң  алдында жүзи төмен еди. Байлық ушын шайтанға сатылған ҳүжданы алдында   бул аўыр жүктен қутылыўы ушын оның өмири де жетпес еди.

Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.