Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қытай мәмлекетиниӊ «Alibaba.com» (https://www.alibaba.com/) халықаралық корпорациясыныӊ рәсмий ўәкиллери ҳәм қарақалпақстанлы исбилерменлер менен дәслепки мәрте ушырасыў болып ѳтти,-деп хабар береди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Ушырасыўда Басқарма баслығы К.Артыков, Басқарма баслығыныӊ орынбасарлары М.Қосназаров ҳәм А.Аманбаев, «Alibaba.com» (https://www.alibaba.com/) корпорациясыныӊ Орайлық Азия бойынша бизнес менеджери Хе Шию, корпорацияныӊ «Global Potential Countries» маркетинг менеджери Хуана Ли, корпорацияның саўда стратегиясы бойынша менеджери Лу Фан, корпорация рәсмий шериги MD-Insight LLC (Россия Федерациясы) компаниясы баслығы Мария Каданцева ҳәм Қарақалпақстанда жумыс алып барыўшы «Biohumus Pharm» ЖШЖ ўәкили А.Алламбергеновлар қатнасты.

Ушырасыўды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Қарақалпақстанға халық-аралық брендлерди тартыў ҳәм елимизде ислеп шығарылган ѳнимлердиӊ дүнья базарына шығыўына, қарақалпақстанлы исбилерменлердиӊ электрон саўда платформасы арқалы ѳз ѳнимлерин сатыўына ҳәм турақлы қарыйдар табыўына жақыннан жәрдем бериўден ибарат.

Илажда корпорация ўәкили Хе Шию ҳәм Мария Каданцева «Alibaba.com» (https://www.alibaba.com/) платформасыныӊ имкәниятлары хәм бизнес субъектлери ушын абзаллық тәреплерин атап ѳтип, өндирис бағдарында жумыс алып барыўшы исбилерменлер ҳәм экспортёрлардыӊ дүнья базарына шығыўы бағдарында әҳмийетли пикир-усынысларын билдирди.

― Бүгинги күнде қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын басқа ўәлаятларда болмаған жаӊа имканиятлар ҳәм жеӊилликлер берилмекте. Бирақ, соған қарамастан Қарақалпақстанда ислеп шығарылған ѳнимлердиӊ дүнья базарына шығыўы хәм экспорт кѳрсеткишлери жоқары дәрежеде деп айта алмаймыз. «Alibaba.com»  (https://www.alibaba.com/)платформасында ѳнимлерди сатыўға қойыў бағдарында тек ғана қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын шегирмелер берилип атыр. Сонлықтан, ѳнимлерин халықаралык платформа арқалы сатыў ҳәм экспорт етиўге қызығыўшы исбилерменлер ушын биз барлық ўақытта жәрдемге таярмыз, – дейди «Biohumus Pharm» ЖШЖ  ўәкили А.Алламбергенов.

Мағлыўмат ушын: «Alibaba.com» (https://www.alibaba.com/) 1999-жылы шѳлкемлестирилген, дүнья жүзиндеги гигант В2В платформасы болып, ѳнимлер ҳәм хызметлердиӊ глобал дәрежеде, раўажланған мәмлекетлердиӊ базарына кирип барыўына жақыннан жәрдем береди. Бүгинги күнде платформа 26 миллионнан аслам қарыйдарларға ҳәм 190 мәмлекетте 6000 нан аслам ѳним жеткерип бериўшилерге ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.