Е.Х.Турақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий Эндокринология медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Конференцияда усы филиал директоры Ж.Уббиев 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер туўралы мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий Эндокринология медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, емлеў профилактикалық мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм денсаўлықты сақлаўдың мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў бағдарындағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Бүгинги күнде филиалда бөлимлер саны 7 ге, орынлар саны 145 ке жетти. Филиалда диагностикалық, емлеў ҳәм профилактикалық жумыслардыӊ көлеми кеӊейтилди. Жаӊадан лабораториялық тексериў усыллары енгизилип, жаӊа клиникалық бөлимлер ашылды.
Филиалда диабетик нефропатия бөлими, улыўма диабетология бөлими, улыўма ҳәм балалар эндокринологиясы бөлими, реконструктив пластик хирургия бөлими, реанимация бөлимлери хызмет көрсеткен болса, усы жылы март айынан баслап тиреоид хирургия бөлими жумысын баслап, бул бөлимде биринши мәрте филиал хирурглары ҳәм Республика қәнигелестирилген илимий-амелий медицина орайы жетекши қәнигелери тәрепинен тиреоидэктомия операцияларын ислеў жолға қойылды.
Сондай-ақ, филиалда реабилитация бөлими де жумыс баслап, бул бөлимде тийкарынан қантлы диабет және семизлик бойынша наўқаслар реабилитацияланады.
Филиалдың раўажланыўы оныӊ материаллық-техникалық базасыныӊ беккемлениўи ҳәм барлық бөлимлердиӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, жоқары маманлықтағы илимий кадрларды ҳәм эндокринолог-шыпакерлерди таярлаў менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Филиал қәнигелери халықаралық илимий конференцияларда белсене қатнасып келмекте. Кейинги он жыллықта филиалдыӊ эндокринолог қәнигелери Россия, Германия ҳәм басқа да мәмлекетлердиӊ жетекши қәнигелери менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта. Телемедицинаныӊ раўажланыўы да медицинаныӊ жаӊадан қолға киргизген жетискенликлериниӊ бири болып есапланады.
Конференция қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.