Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниӊ 33 жыллығы мүнәсибети менен елимиздеги басланғыш медицина мәкемелери, республика қәнигелестирилген медицина орайлары ҳәм медицина жоқарғы оқыў орынларында мийнет етип атырған бир қатар пидайы медицина хызметкерлерин “Өзбекстан денсаўлықты сақлаў ағласы” көкирек белгиси ҳәм министрликтиң «Алғыснама»лары менен сыйлықлаўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги де онлайнвидеоконференц байланыс режиминде қатнасты.
Сыйлықланғанлар қатарында «Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек белгиси менен Мойнақ районы медицина бирлеспеси 32-санлы шаӊарақ поликлиникасының бас мийирбийкеси Л.Дуйсенбаева, “Алғыснама” менен Тахтакөпир районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў бөлиминиң баслығы О.Казаков, Шоманай районы медицина бирлеспесиниӊ балалар реаниматолог-анестезиолог шыпакери Б.Мәўленовлар сыйлықланды.
Онлайн видеоконференция байланыс режиминде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов сыйлықларды өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.