Елликқала районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен питкериўшилер ушын мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Елликқала аўыл пуқаралар жыйынында болып өткен ярмаркада 37 кәрхана ҳәм шөлкем өзлериндеги 341 бос жумыс орны менен қатнасты. Онда 84 жумыссыз пуқара қатнасып, соннан 53 пуқараға жоллама берилди. Соның менен бирге 15 пуқараға кәсипке оқытыўға, 14 пуқараға жумысқа орналасыў ушын мәсләҳәт берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.