Усы жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар өткерилиўи мүнәсибети менен орынларда бул сиясий процесске қызғын таярлықлар көрилмекте.

Атап айтқанда партияның сайлаўларда қатнасыўы ушын қолтаңба жыйнаў процеси көтериңки рухта шөлкемлестирилди. Орайлық сайлаў комиссиясы ӨзЛиДеП тиң сайлаўларда қатнасыўына рухсат берди.

Ҳәзирги ўақытта  ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң қарарына муўапық, аймақларда партия шөлкемлериниң конференциялары болып өтпекте. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң де гезектеги конференциясы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң усы жылы болып өтетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўында белсене қатнасыўы ЎзЛиДеПтиң жетекши күш сыпатында абырайын еле де беккемлейтуғыны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми өзининң қурамында 113 мың 161 ағзаны бирлестирген. Билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер, жәмийетлик шөлкемлер, қала берди түрли миллет ўәкиллери 1 мың  166 басланғыш партия шөлкеминиң әтирапына жәмлескен. Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерде болса  143 депутат жумыс алып бармақта. Оларда партия топарлары тиккелей сайлаўшыларға жақын, олар менен бирге болатуғын буўын есапланады. Солардың белсендилиги менен партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылмақта.

Депутатлық топарлары жумысларын таллап қарайтуғын болсақ, өткен 5 жыл даўамында 3 мың 262 депутатлық сораўы атқарыў уйымларының ҳәмелдар шахсларына жиберилди. 1 мың 421 мәрте аймақлық атқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемеси тыңланды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясы, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги партия депутатлық топарлары менен биргеликте орынларда көшпели қабыллаўлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилип келинбекте.

2020-2024-жыллар даўамында жәми 4 мыңнан зыят ушырасыў шөлкемлестирилип, 50 мыңға шамалас қатнасыўшы қамтып алынды. Оларда исбилерменлер ҳәм халық тәрепинен көтерилген машқалалардың 80 процентке шамаласы депутатлар тәрепинен унамлы шешилди.

Конференцияда ӨзЛиДеП исбилерменлер ушын үлкен сиясий күшке айланғаны, 1 мың 100 ден аслам төменги буўынларда 113 мың ағзаны бирлестиргени атап өтилди. Партияның мәмлекетимизде исбилерменлик орталығын жақсылаў, жеке мүлкке қолқатылмаслығын тәмийинлеў, мүлк ийелериниң класын кеңейтиў мақсетинде әмелге асырған ҳәрекетлери сөз етилди.

Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминен ӨзЛиДеП тиң I Конгресине делегатлар сайланды. Исбилерменлер, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында мийнет етип атырған партияласлар тарийхый әнжуманда қатнасады.

Илаж соңында бул сиясий процессте Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми тәрепинен әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды. Күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылып, олар бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.