Кеше АҚШтың Нью-Йорк қаласында жайласқан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас резиденциясында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жылығына бағышланған илаж шөлкемлестирилди.
Илажда дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген дипломатиялық корпустың ўәкиллери менен бир қатарда, бүгинги күнде АҚШта жумыс ислеп атырған жәмийетлик белсенди ўатанласларымыз да қатнасты.
Өзбекстан Республикасының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Турақлы ўәкили Улығбек Лапасов шығып сөйлеп, соңғы жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, сырт ел инвесторларына жаратылып атырған инвестиция шараятлары, сондай-ақ, АҚШта өзбеклер жәмийетиниң абырайы барған сайын артып баратырғанын айрықша атап өтти ҳәм жыйналғанларды Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады.
Миллий қосықларымыз болса илажға өзгеше руўх бағышлады.
АҚШта Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған илажлар 9-сентябрьге шекем даўам ететуғынын атап өтиў зәрүр. Соның ишинде, усы сәне мүнәсибети менен 1-сентябрь күни Манҳеттендеги Уолл-стрит көшеси бойлап ғалабалық марш шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Отабек Эшмаматов,
Нью-Йорк, АҚШ