Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Өзбекстан Экологиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасының жойбарын талқылаўға арналған илаж болып өтти.
Илажда Өзбекстан Экологиялық партиясының “Тəбият ушын бирлесейик” сүрени астындағы сайлаўалды бағдарламасы жойбарында аймақ халқы ушын мүнəсип жасаў шараятларын жаратыў бойынша бир қатар усыныслар алға қойылып атырғанлығы атап өтилди.
Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигин тəмийинлеў бойынша көп тəреплеме шериклик байланысларын күшейтиў жүдә әҳмийетли болып табылады. Сол себепли Өзбекстан Экологиялық партиясы региондағы ири мəмлекетлик емес шөлкемлерден бири ретинде тəбийғый ресурслар, биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыўға ерисиўди мақсет еткен.
Соның менен бирге, экологиялық турақлылыққа унамсыз тəсир көрсетиўши жойбарлар, технологиялардан басқышпа-басқыш ўаз кешиў, ишимлик суўы, таза ҳаўа, альтернатив энергия ҳəм басқа жетиспеўшилиги артып баратырған тəбийғый ресурсларды сақлаўға қаратылған шерикликти кеңейтиў, əмелдеги нызамшылықты аймақ ҳəм миллий мəплерден келип шығып қайта көрип шығыў усыныслары да сайлаўалды бағдарламасы жойбарынан орын алған.
Аралбойы регионин раўажландырыўға турақлы түрде үлкен итибар қаратып келген партияның усындай усыныслары Қарақалпақстан халқы тəрепинен белсене қоллап -қуўатланды.
– Күтилип атырған сайлаўларға үлкен мақсетлер менен кирип келген Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасының жойбары бойынша ҳəр тəреплеме мағлыўматларға ийе болдық, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети биология факультети деканы Якуб Аметов.- Талқылаў барысында тек ғана экологиялық емес, ал жаслар, ҳаял-қызлардың жəмийетлик ҳəм мəмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлеўге қаратылған усыныслар да берилди. Әлбетте, бул усынысларымыз партияның сайлаўалды бағдарламасы жойбарына киргизиледи, деген үмиттемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги