Мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы кең түрде белгиленип атырған бир пайытта орынларда жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылып, көплеген жаңаланыў ҳәм жаңалықлар болмақта.   

Президентимиздиң  2024-жыл 5-марттағы  “Халық хожалықларында санаат усылында  өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў, қыйтақ жер  ҳәм дийқан хожалықларында жаңа резервлерди иске қосыўға  байланыслы илажлар ҳаққында”ғы  қарары тийкарында  Хожели районы “Мәденият” мәҳәллесинде жаңа оқыў-тәжирийбе орайының ашылыў мәресими болып өтти.  Оған, район ҳәкими Ж.Ермашев, нураний аталар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Орай халқымыздың аўыл хожалығы тараўына қызғыўшылығын, билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде “Агро томорқа хизмати” ЖШЖ баслығы К.Палванов тәрепинен  шөлкемлестирип, аймақ турғынлары ушын  хызмет етеди.

Илажға  қатнасыўшылар орайда жаратылған қолайлықлар менен танысып, ондағы жаратылған шараятларға өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги