Елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы Төрткүл районындағы бир қатар аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының турғынларына қос қуўаныш алып келди.
Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасына қаратылып атырған итибар себепли, ҳәр бир мәҳәллеге 500 миллион сумнан қаржы ажыратылған еди. Усы ажыратылған қаржының бир бөлегине пуқаралар жыйынларының имаратлары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды ғәрезсизлик байрамы ҳәм жаңа объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Бул жерде пуқаралар жыйынлары хызметкерлери ушын барлық шараятлар жаратылған.
Улыўма байрам күнлери районда 10 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының жаңаимаратлары пайдаланыўға тапсырылады.
Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратлардағы мүмкиншиликлер менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги