Нызамшылыққа бола, мүлк ийеси, ижарашы ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ортасында турақ жай мәселесинде келип шыққан келиспеўшиликлер суд тәртибинде шешиледи. Бундай мәселелер қатарына, тийкарынан, жайға киргизиў, турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есаплаў, жайдан көширип шығарыўға байланыслы мәселелер киреди.
Усы бағдардағы ислерди көриўде материаллық ҳәм процессуал нызам нормаларын дурыс қолланаў үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли оларды судта көрип шығыўдың процессуал өзине тән тәреплери нызамшылықта беккемленген. Бул бойынша Жоқарғы суд Пленумының «Турақ жай келиспеўшиликлери бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген. Ең дәслеп, судлар турақ жай менен байланыслы келиспеўшиликлерди шешиўде оларды жеке меншик яки мәмлекетлик турақ жай фондына тийисли екенлигин анықлаўы керек. Себеби, турақ жайдың ҳуқықый статусын анықламай турып, усы катерогиядағы ислер бойынша материаллық ҳуқық нормасын қолланыў мүмкин емес.
Жеке мүлкинде жайы, квартирасы болған пуқаралар жас өспирим шаңарақ ағзаларының келисими менен басқа пуқараларды турақ жайға көширип киргизиўге, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге белгиленген тәртипте ижараға бериўге ҳақылы. Усы категориядағы ислерди көриўдиң өзине сай тәреплериниң бири, даўлы жайда жасаўшы жас өспирим барлық шахслар тийислисинше иске тартылады. Сол себепли ислерди көриўдиң өзине сай тәреплеринен бири сол, даўлы жайда жасаўшы жас өспирим барлық шахслардың тийислиси иске тартылады. Сол себепли, судлар даўлы жайда жасаўшы жас өспирим шахслардың шеңберин анықлаў ҳәм оларды судқа тартыў шарасын көриўи зәрүр.
Жайға жасаў ушын киргизиў ҳәм турақ жайдан пайдаланыўға болған ҳуқықты жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы даўаларды шешиў процеси оғада әҳмийетли.
Онда суд турақ жайға даўа етиўши шахс Өзбекстан Республикасы Турақ жай кодексиниң 32-стаьясы 2 ҳәм 3-бөлимлерин атап өтилген шахслар қатарына кириўши яки басқа тийкар бойынша жайда жасаўға болған ҳуқықый жағдайларды, қандай себеплерге бола, жасамай атырғанлығы ҳәм даўаны дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған жағдайларды анықлаўы талап етиледи.
Соған байланыслы, судлар мүлк ийесиниң шаңарақ ағзаларына кимлер киретуғынын анықлаўы әҳмийетке ийе. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2024-жыл 21-майдағы “Турақ жай даўлары бойынша суд әмелияты ҳаққында” ғы қарарының 5-бәнтине бола, мүлк ийесиниң шаңарақ ағзалары деп, оның менен турақлы бирге жасап киятырған ҳаялы (ери) ҳәм олардың перзентлери тән алынады.
Ерли-зайыплының ата-анасы, мүлк ийеси менен турақлы жасап атырған шаңарақлы перзентлери, мийнетке жарамсыз, сондай-ақ, мүлк ийеси менен турақлы жасап атырған пуқаралар, егер олар мүлк ийеси менен улыўма хожалық жүргизиўи атырған ҳәм оның турақ жайына дизимнен өткен болса, мүлк ийесиниң шаңарақ ағзалары деп табылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, мүлк ийесиниң ҳаялы яки ери, балалары, ата-анасынан басқа шахсларды шаңарақ ағзасы деп атаў мәселесин шешиўде суд олардың ижарашы ҳәм оның шаңарақ ағзалары менен мүнәсибетлерин, улыўма хожалық жүргизиўи, бир-бирине жәрдем көрсетип келгени ҳәм шаңарақлық мүнәсибетлери бар екенлиги жағдайларын анықлаў зәрүр.
Буннан тысқары судлар турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы даўаларды қанаатландырыўға тийкар болатуғын тийкарғы даўа мүддетиниң өткен яки өтпегенлигин анықлаўы шәрт.
Себеби, Турақ жай кодексиниң 52-статьясына муўапық муниципал, мәкеме үй-жай қоры ҳәм анық мақсетли коммунал турақ жай фондының үйлердеги турақ жайды ижараға алыўшы, оның шаңарақ ағзалары яки ижараға алыўшы менен турақлы жасап атырған пуқаралар ўақытша болмағанында турақ жай алты ай мүддет даўамында оның есабында сақланады.
Ўақтынша болмағанында пуқаралардың турақ жайы төмендеги жағдайларда алты айдан аслам мүддетке сақланып турады:
Әскерий хызметке шақарылғанында-шақырыў бойынша әскерий хызметин
өтеўдиң пүткил ўақты даўамында;
шәртнама бойынша әскерий хызметке кирисилгенде-шәртнама бойынша әскерий хызметти өтеўдиң пүткил дәўири даўамында;
жумыс шараятлары ҳәм әҳмийети бойынша сырт елде хызмет сапарында болыўы яки билим алыўы мүнәсибети менен студентлер, докторантлар ҳәм басқалардың турақлы жасаў орнынан ўақтынша кеткенинде –усы исти орынлаў, хызмет сапарында болыў яки билим алыўдың пүткил ўақты даўамында;
балалар жасаў орнынан ўақтынша кеткенинде –усы исти орынлаў, хызмет сапарында болыў яки билим алыўдың пүткил ўақты даўамында;
балаларды тәрбиялаў ушын балалар мәкемелерине, туўысқанлары яки қәўендерлерге, мийрасхорларға тапсырылғанында –олар усы мәкемеде, туўысқанлар яки қәўендерлер, мийрасхорлар қарамағында болатуғын пүткил ўақыт даўамында. Бунда балалар шығып кеткен турақ жайда шаңарақтың басқа ағзалары жасаў ушын қалған болыўы талап етиледи.
Шахс белгиленген мүддеттен аслам ўақыт даўамында үйинде болмаслығы ақыбетинде турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табылыўы мүмкин. Бул мәпдар шахстың даўасы бойынша суд жолы менен әмелге асырылады.
Егер суд шахстың белгиленген мүддетинен аслам ўақытта жасамайтуғын кеширимли себеплер ақыбетинде жүзеге келген деп есапланса, даўаны бийкарлайды.
Соны да айтып өтиў орынлы, нотариал тәртипте дүзилген турақ жай алды-сатты шәртнамасында сатыўшы, оның шаңарақ ағзалары яки жасаўшы басқа шахстың турақ жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, усы мүддет таўсылған күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, турақ жай даўалары менен байланыслы болған ислердиң материаллық ҳәм процессуал нызам нормаларына әмел еткен ҳалда көрилиўи пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нураддин Таиров, пуқаралық ислери бойынша
Беруний районлараралық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги