Усы жыл 29-август күни Нѳкис қаласында “Миллий тикланиш” демократиялық партиясыныӊ 2025-2029-жылларға мѳлшерленген Сайлаўалды бағдарламасы жойбарыныӊ презентациясы болып ѳтти.
Онда партияныӊ Орайлық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеслери ўәкиллери, барлық дәрежедеги депутатлар, электорат ағзалары, белсендилер, жәмәәтшилик ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.
Илажды “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊесиниң баслығы Т.Романов басқарып барды. Буннан кейин партия Орайлық Кеӊеси баслығының орынбасары Феруза Мухамеджанова жыйналғанларды Сайлаўалды бағдарламасы жойбары менен таныстырды.
Атап өтилгениндей, “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы – зыялылар, соныӊ ишинде, илим ҳәм билимлендириў, мәденият, дѳретиўши хәм кѳркем ѳнер тараўы ўәкиллери, илимпазлар, тәрбияшы ҳәм муғаллимлер, спортшылар, туризм, ѳнерментлер, пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў уйымларының хызметкерлери, келешегимиз жаратыўшылары болған жасларды ѳз электораты деп есаплайды.
Соныӊ ушын, жаӊа Сайлаўалды бағдарламасында да әне усы тараў ўәкиллери мәплеринен, сондай-ақ, ана Ўатанымыз – Ѳзбекстан ҳәм барлық ѳзбекстанлылар, сырт еллерде жасап атырған, биз ушын ҳәр қашан әзийз болған ўатанласларымыздыӊ мәплеринен келип шығып, халқымыз абаданлығы, мәмлекетимиздиӊ раўажланыўына хызмет ететуғын, соныӊ менен бирге пуқараларымызды ойландырып киятырған кѳплеген әҳмийетли мәселелердиӊ шешими бойынша анық усыныс ҳәм басламалар алға қойылмақта.
Атап айтқанда, бәркамал әўлад потенциалын жүзеге шығарыў, мәнаўий раўажланыў ҳәм мәденият тараўы, шаӊарақ, ҳаял-қызлар, жасларға мүнәсип шараятлар жаратыў, миллий экономика ҳәм туризмди раўажландырыў, әдалатлы миллий мәмлекет жаратыў, қәўипсизлик ҳәм халықты қорғаўды күшейтиў, халықаралық майданда миллий мәплеримизди тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, миллет генофондын сақлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў, халықтыӊ ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын арттырыў бойынша да бир қатар ўазыйпалар орын алған.
Партия Сайлаўалды бағдарламасында бас сиясий сүрен сыпатында “Қәдириятларға сүйенген раўажланыў” сүренин белгиленгени бийкарға емес.
Бүгин дүнья ѳзгерип атыр, руўхый-мораллық кризис барған сайын күшеймекте. Пүткил дүньяда жүз берип атырған глобалласыў процесинде барлық мәмлекетлер мәмлекетшилик дәстүрлерин ѳзлериниӊ қәдириятларына сүйенген ҳалда даўам еттириўге ҳәрекет етпекте. Ҳәр бир халықтыӊ, елдиӊ ѳзине тән қәдирияты: тили, дини, әдебияты, мәденияты, көркем өнери, үрп-әдет, дәстүрлери олардыӊ ѳзине тәнлигин тәмийинлеўи мүмкин. Сол кѳзқарастан, тарийхый-мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, асырап-абайлаў, дәстүрлеримизди сақлаў ҳәм раўажландырыў, ҳәттеки экономикалық раўажланыўға да әне усы миллий қәдириятлар арқалы ериссек, буннан тек халқымыз утады.
Алдымыздағы мақсет: болажақ сайлаўда еӊ жоқары нәтийжени кѳрсетип, сайлаўшылардыӊ исенимине ерисиў болып есапланады. Дурыс, бул ретки сайлаўлар алдынғы сайлаўларға қарағанда күшли бәсеки жағдайында ѳтеди. Бирақ, бул жолда салмақлы нәтийжелерге ерисип, парламент ҳәм жергиликли кеӊеслерде еӊ кѳп орынларды ийелейтуғынына исенемиз. Ѳйткени, бирден-бир мақсетимиз халқымызды разы етиўге үлес қосыў, оныӊ абаданлығы, елимиздиң раўажланыўы жолында мақсетлеримизди әмелге асырыў болып табылады.
Илажда қатнасыўшылардыӊ сайлаўалды бағдарламасы бойынша пикир-усыныслары тыӊланды. Жаӊа усыныс ҳәм басламалар ортаға тасланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги