Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады. Өзбекстан Илимлер академиясы президенти, физика-математика илимлериниң докторы, академик, Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери Беҳзод Йўлдошев 2024-жыл 28-август күни 79 жасында қайтыс болды.
Б.Йўлдошев 1945-жылы 9-майда Ташкент қаласында туўылды. Орта мектепти питкергеннен соң Ташкент мәмлекетлик университетин физика қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын 1968-жылы Илимлер академиясының Ядро физикасы институты стажёр –изертлеўшиси сыпатында баслады. 1972-жылы кондидатлық, 1982 –жылы докторлық диссертациясын қорғады. 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.
Жоқары энергиялар физикасы тараўында халықаралық көлемде кеңнен тән алынған илимпаз Ядро Физикасы институты директоры, Илимлер академиясы президенти лаўазымларында өзиниң жоқары илимий ҳәм шөлкемлестириўшилик потенциалын көрсетти. Жоқары маман илимий кадрлар таярлаў, сырт ел илимий орайлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, илимий нәтийжелерди экономикалық тармақларда қолланыў жумысларына мүнәсип үлес қосты.
Кейинги жыллары Илимлер академиясы президенти сыпатында илим тараўын модернизациялаў, академия структурасын жетилистириў, илимий-изертлеў мәкемелерин раўажландырыўға басшылық етти.
Жоқары талант ҳәм терең билимге ийе болған Б.Йўлдошев узақ жыллық илимий жумысы даўамында ядро физикасы ҳәм элементар бөлекшелер физикасы бойынша көплеген жаңа ашылыўлардың авторы сыпатында танылды. Илимпаздың 400 ден аслам илимий жумыслары, монографиялары, ядро изертлеўлери бойынша фундаментал изертлеўлери арнаўлы сырт ел баспаларында басылып шыққан. Оның басшылығында онлаған илим докторлары ҳәм илим кондидатлары таярланды.
Ол Халықаралық атом энергиясы агентлигинде илим бойынша мәсләҳәтши, АҚШтың Вашингтон ҳәм Стенфорд университетлери, Бирлескен ядро изертлеўлери институты профессоры лаўазыларында ислеген. Бир қатар раўажланған мәмлекетлердеги илимий лабораторияларда халықаралық изертлеўшилер топарлары тәрепинен орынланған ири экспериментлер ҳәм ядролық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм ядро қуралларын тарқатпаў бойынша әмелий шешимлер ислеп шығыў бойынша ири жойбарларға басшылық еткен.
Б.Йўлдошев елимизде миллий парламентаризмди раўажландырыўға мүнәсип үлес қосты. 2000-2004-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты, кейинги ўақытта Олий Мажлис Сенаты ағзасы сыпатында нәтийжели жумыс алып барып, илим тараўын раўажландырыўға байланыслы нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде өзиниң жанкүйерлигин ҳәм пидайылығын көрсетти.
Академик Б.Йўлдошевтиң мәмлекетимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, «Фидокорона хизматлари учун» ҳәм «Меҳнат шуҳрати» орденлери, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери» атағы менен сыйлықланған еди.
Пидайы алым, меҳрибан устаз, кеңпейил инсан Беҳзод Йўлдошевтиң естелиги қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, Ш.Аюпов
ӨзА