Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 5-август күни “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилген еди.
Усы нызамның мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде кадастр қәнигелерине семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Мәмлекетлик кадастлар палатасы имарат ҳәм қурылмалардың мәмлекетлик кадастрын жүргизиў басқармасының баслығы Б.Курбанов, Мәмлекетлик кадастлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаев ҳәм басқа жуўапкер қәнигелер қатнасқан оқыў-семинарларда нызамның талаплары, тәртиплери ҳәм оның тәсир етиўи мүмкин болған объектлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Нөкис қаласы, Қоңырат, Беруний, Шымбай районларында болып өткен илажларда барлық қалалық ҳәм районлық тараў ўәкиллери қатнасып, жаңадан қабыл етилген нызам шеңберинде ҳәм жумыс барысында ушырасыўы мүмкин болған машқалалы жағдайлар бойынша сораўларын берип пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги